Аўыл хожалығы тараўында нәтийжелиликти арттырыў бойынша әҳмийетли семинар өткерилди
1582
Тақыятас районында Хлорелла микроорганизмин жетистириў ҳәм оны аўыл хожалығы ҳәмде балықшылықты раўажландырыўда кеңнен пайдаланыў усыллары бойынша әмелий семинар шөлкеместирилди.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, хлорелла микроорганизмин аўыл хожалығы ҳәм балықшылық тараўында кеңнен пайдаланыў, түрли химиялық азықлықлардың орнына қолланыў мүмкиншилиги бар екенлигин атап өтти.
Онда сондай-ақ, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери ҳәм жергиликли дыйқан, фермерлер қатнасты.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Ҳайўанатлар экологиясы лабараториясы 2-басқыш докторанты Севара Рустамова хлорелланы жетистириў, оны аўыл хожалығы, балықшылық тараўында пайдаланып нәтийжеге ерисиў бойынша өзиниң илимий изленислери ҳәм әмелиятта ерискен нәтийжелери менен бөлисти.
Семинар даўамында хлорелла биоазықлығын кеңнен пайдаланыўды жолға қойыў, атызлардың шорын жуўыўда пайдаланыў, бийдай жетистириўде өнимдарлыққа ерисиў ҳәм басқа да тараўға тийисли машқалаларға шешим болыўы ҳаққында атап өтилди.