Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Қубла Корея мәмлекетинен келген делегация менен ушырасты
1328
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Қубла Кореяның Аўыл ҳәм тоғай хожалығы министрлигине қараслы Ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер карантини агентлиги мәсләҳәтшиси Нам Бок Ли басшылығындағы экспертлер ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) ўәкиллери менен ушырасты.
Онда елимизде өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўын тәмийинлеў, зиянлы организмлерге қарсы гүресиў, елимизге алып келинип атырған аўыл хожалығы өнимлери ушын фитосанитариялық хызмет көрсетиў ҳәм басқа да усы бағдардағы әмелий жумыслар бойынша пикирлесилди.
Айтып өтиў орынлы, өткен 2023-жылда Өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы агентлиги ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) арасында улыўма баҳасы 6,7 млн. долларлық «Өзбекстан фитосанитария хизмети потенциалын раўажландырыў ҳәм өсимликлер карантини шегара пунктлерин жетилистириў» жойбарына қол қойылған еди. Жойбар шеңберинде Қарақалпақстанда 700 мыңнан 1 млн. долларға шекемги жумыслар әмелге асырылыўы режелестирилген болып, «Даўыт ата» шегара өткериў пунктинде лаборатория шөлкемлестириў ҳәм зәрүрли әсбап-үскенелерин алып келиў, Нөкис қаласында жаңа офис шөлкемлестириў белгиленбекте.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда да усы бағдарда бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў, шегара өткериў пунктлеринде фитосанитариялық хызмет көрсетиў орайын шөлкемлестириў, усы орынның өзинде өнимлерди тексериўден өткериў ҳәм қысқа ўақыт ишинде тийисли лабораториялық жуўмақларды алыў, өсимликлер карантини, сондай-ақ, ҳайўанатлар карантини бойынша да бирге ислесиўлерди жолға қойыў сыяқлы мәселелер атап өтилди.