Кегейли районында жаңа мектеп имараты қурып питкерилди
1748
Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағында «Жаңа Өзбекстан» массиви қурылысы басланған еди.
Жаңа турақ-жайлар менен бирге массивти толық инфраструктура менен тәмийинлеў, социаллық объектлерди қурыў да режеде белгиленген болып, пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 12,6 млр. сум қаржы ажыратылды ҳәм массивте 320 орынлы жаңа мектеп имараты қурып питкерилди. Онда балалардың заманагөй билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.
Ең баслысы, Президентимиз итибары менен балалар ушын және бир заманагөй билим дәргайы бой тикледи.