Республика аймақлық перинатал орайында үйрениў жумыслары алып барылды
1296
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова тәрепинен Республика аймақлық перинатал орайында үйрениў жумыслары алып барылды.
Тийисли жуўапкерлер менен бирге орайда коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў, олардың алдын алыў, сондай-ақ, пуқаралардың наразылығына себеп болып атырған дәмегөйлик жағдайлары көзден өткерилди. Соның менен бирге, пуқаралар тәрепинен қалдырылған мүрәжатлар жуўапкерлер менен бирге көрип шығылды.
Соның менен бирге, аналар ҳәм балалар ушын жаратылған имканиятлар үйренилгенде бир қатар кемшиликлер анықланды ҳәм айырымлары сол орынның өзинде сапластырылды.
Буннан соң, орай хызметкерлери менен бирге ушырасыў өткерилип, пуқаралардың көплеген наразылықларына себеп болып атырған туўыў бөлимлериндеги дәмегөйлик ҳәм коррупцияны сапластырыў, бундай унамсыз иллетлер, әлбетте, жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы атап өтилди. Жуўапкерлер тәрепинен, анықланған фактлер бойынша да түсиниклер берилип, коррупцияға қарсы гүресиўде ҳәр бир хызметкер биргеликте ат салысыўы кереклиги түсиндирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети