22-январь күни Қытайдың Синьцзян-Уйғур автоном районының Урумчи қаласында биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар аралық форумы болып өтти
1837
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы делегацияда қатнасты Дәслеп, министрликлер, санаат бирлеспелери, Саўда-санаат палаталары, холдинг компаниялары басшылары ҳәмде еки мәмлекет исбилермен орталығының 1200 ден аслам ўәкиллери қатнасыўында форумның ашылыў мәресими болып өтти. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар өз ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи еки мәмлекет басшыларының келешек ушын тийкар жаратыў жолында алып барып атырған әдил сиясаты себепли әмелге асып атырғанын атап өтти.
Форумда қатнасыўшылардың итибары Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда инвестиция орталығын жақсылаў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформаларға каратылды. Аймақлар ҳәм исбилерменлер орталығы ўәкиллериниң тиккелей өз-ара бирге ислесиўин арттырыў арқалы еки мәмлекет арасындағы қатнасықларды кеңейтиўдиң кейинги адымлары ҳәм перспективалы бағдарлар белгилеп алынды. Форум "B2B" ҳәм "B2G" форматтағы сөйлесиўлер менен даўам етти. Қарақалпақстан Республикасы делегациясы Қытай тәрепиниң рәсмийлери ҳәм компаниялардың басшылары менен бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа жойбарларды жолға қойыў мәселелерин додалады ҳәм экономиканың түрли тараўларында өз-ара пайдалы жаңа шәртнама ҳәм келисимлер дүзиўге еристи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети