Келеси оқыў жылынан баслап, аймақлардағы мүтәжликтен келип шығып, медициналық оқыў орынларының 200 питкериўшиси магистратура ҳәм клиникалық ординатура бағдарламары тийкарында жетекши сырт ел билимлендириў шөлкемлеринде оқытылады. Сондай-ақ, қәнигелестирилген хирургия, кардиология, эндокринология, дерматовенерология ҳәм косметология орайлары, Балалар миллий медицина орайы ҳәм Миллий медицина орайы халықаралық аккредитациядан өткериледи. Усы жылы әмелдеги 40 санитариялық қағыйда ҳәм нормалар қайта көрип шығылып, халықаралық стандартларға муўапықластырылады. Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, усы әҳмийетли бағдарларды әмелге асырыў мақсетинде “жол картасы”н тастыйықлаў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА