2025-жылы Ташкентте өткерилиўи режелестирилип атырған жаслар арасында Азия ҳәм Параазия ойынларына да таярлық көрилмекте. Олимпиада қалашасының қурылысы жедел даўам етпекте. Усы жылы социаллық бағдарламалар шеңберинде 42 спорт имаратын қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилген. «Бес баслама олимпиадасы»ның қамтып алыўын және де кеңейткен ҳалда, қатнасыўшылардың санын 7 миллионға жеткериў мөлшерленген. Спорт мектеплеринде қосымша мыңнан аслам топарлар ашыў нәзерде тутылған. Мәмлекетимиз басшысы спорт билимлендириўин раўажландырыў, спортшыларды халықаралық жарысларға таярлаўда алдынғы көзқарасларды қолланыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА