Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы тайынланды
2391
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында шөлкемлестириў мәселелерине арналған мәжилис болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Президент Администрацияси жуўапкер хызметкери Н.Норматов, Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы баслығының орынбасары А.Аслонов қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Турманов Сағындық Турганбаевич – Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы лаўазымына тайынланды.
Мәжилис даўамында ҳүрметли Президентимиздың 2023-жыл 21-декабрь күнги «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги орнын түпкиликли жақсылаў ҳәм оның халқымыз машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы 209-санлы пәрманы ҳәм де «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы 402-санлы қарары менен мәмлекетимизде мәҳәлле институты абыройының және де артыўына итибар күшейгенлиги айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети