Жоқарғы Кеңес Баслығының исбилерменлер ушын жеке қабыллаўы болып өтти
1360
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыз аймағындағы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр ҳәптениң жума күни «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилген. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Ашық есиклер күни» шеңберинде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша жеке қабыллаўын өткерди.
Онда қала ҳәм районларымыздан бир қатар исбилерменлер, тийисли тараў басшылары қатнасты. Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, ислеп шығарыў, өндиристи кеңейтиў бағдарында мүрәжатлар билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды. Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Ҳәр ҳәптениң жума күнинде өткерилиўи белгиленген Ашық есиклер күнинде исбилерменлер алдында ушырасып атырған тосықлар ҳәм машқалаларды сапластырыў, олардың усыныс ҳәмде пикирлерин тыңлаў менен бирге бизнес жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў ушын арнаўлы Штаб ағзалары да жумыс алып барады ҳәм бул турақлы түрде даўам еттириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети