Қарақалпақстан Республикасында Республика исши топары басшылығында кеңейтилген мәжилис өткерилди
1183
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.Ходжаев басшылығындағы исши топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң үлкен мәжилислер залында инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен кеңейтилген мәжилис болып өтти. Мәжилисте Бас прокурордың орынбасары Б.Валиев, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили Д.Косимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар қатнасты.
Айтып өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасында мәмлекетлик инвестиция бағдарламалары шеңберинде бир қатар ири ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарлары қәлиплестирилген болып, усы жойбарлардың иске түсирилиўи нәтийжесинде пуқаралар ушын жаңадан турақлы ҳәм дәраматлы жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Кеңейтилген мәжилис даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Сондай-ақ, усы мәжилисте қытайлы инвесторлар менен ZOOM арқалы байланысып, Қарақалпақстан Республикасы аймағында әмелге асырылатуғын ири инвестициялық жойбарлары ҳаққында келисип алынды. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди. Мәжилис соңында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети