8-санлы Шаңарақлық Поликлиника пайдаланыўға тапсырылды
1601
Бүгин Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық Поликлиникасының ашылыў мәресими болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа шаңарақлық поликлиниканың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар қатарында медицина тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басшылығында оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда халқымыздың денсаўлығын жақсылаў, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм бирлемши медициналық хызмет көрсетиў мәкемелериниң жумысын түпкиликли жетилистириў жаңа басқышқа көтерилип атыр.
Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы Шаңарақлық поликлиникасының 350 қатнаўға ийе имаратын жаңадан қурыў ушын 9 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилди. Әлбетте, бул жаңа объекттиң пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға бирлемши медициналық хызметти еледе жақынластырыў ҳәм пуқараларымыздың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли орын ийелеп, узақ жыллар даўамында халқымыз ийгилиги жолында хызмет етери анық.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети