Республика тез жәрдем орайы аймақлық филиалының ашылыў мәресими болып өтти
2011
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Бәршемизге мәлим, медицина тараўы тиккелей ҳүрметли Президентимиздиң итибарында турған тараўлардан бири. Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында «Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын!» деген идея тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтерип атыр. Айрықша атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 16-июньдағы арнаўлы қарары тез медициналық жәрдем хызметин раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Усы тийкарда Республика тез медициналық жәрдем орайы шөлкемлестирилди ҳәм тез медициналық жәрдемниң бирден-бир вертикал басқарыў системасы жолға қойылды, материаллық-техникалық базасы беккемленип, зәрүрли үскенелер менен тәмийинленди.
Филиалдың жаңа имараты ушын дерлик 11 млрд. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары сапалы етип питкерилди. Орайды радио-байланыс қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 7,5 млрд. сум, мебеллер менен тәмийинлеў ушын 1 млрд. сум, «Тез жәрдем» автотранспортларын планшетлер менен тәмийинлеў ушын 734 млн. сум қаржы ажыратылды. Жаңа объектте «Call-orayı», оқыў-симуляция орайы, администрация, ишки дәрихана ҳәм тез медициналық жәрдем бөлими орын алған. Жылына 670 мыңға шамалас шақырыўларға хызмет көрсетиў имканиятына ийе филиалдың иске түсиўи менен 135 жаңа жумыс орны жаратылған. Буннан соң Жоқарғы Кеңес Баслығы имаратта жаратылган имканиятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети