Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кембридж халықаралық эксперти Стив Кинг менен ушырасты
1345
Онда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Х.Умарова видео байланыс арқалы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева қатнасты.
Ушырасыўда билимлендириў тараўында инновациялық жаңаланыўларды, улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң оқыў процессине халықаралық тән алынған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў, билимлендириў тараўында хызмет кѳрсетиўши халықаралық шѳлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша сөйлесилди.
Соның менен бирге, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған итибар кең түрде атап өтилди.
Онда сондай-ақ, республикамызда мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплеринде халықаралық «Кембридж» оқыў бағдарламасын жолға қойыў мәселелери талқыланды.
Айтып өтиў орынлы, Нѳкис қаласындағы 46-санлы мектеп (Прогресc) республикамыздағы ең алдыңғы мектеплердиң бири болып, балаларға жоқары дәрежеде сапалы билим бериўде орны гиреўли болып келген. Бирақ, айырым себеплерге бола көрсеткишлери бираз пәсейип, билим бериў дәрежесин реформалаў талап етилмекте.
Усы мақсетте республикамизда биринши мәрте 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде (Прогресс) халықаралық тән алынған Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў процессин жаңа оқыў жылынан баслап жолға қойыў режелестирилмекте.
Өткерилген ушырасыўда билимлендириў тараўын раўажландырыў, бул бағдарда алдағы режеге киргизилген жумыслар көлемин еле де кеңейтиў, бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети