Елликқала районы ҳәкими тайынланды
2645
Усы жылдың 14-февраль күни халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти. Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Сессияда Ниязимбетов Валижан Батирбаевич Елликқала районы ҳәкими етип тайынланды. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, В.Ниязимбетов мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен.
Атап айтқанда, Елликқала районы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты корғаў комитети баслығының орынбасары ҳәм усы күнге шекем Төрткүл районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған. Сессия соңында район сектор басшыларының 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген ўaзыйпалары бойынша презентациясы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети