Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында Елликқала районын раўажландырыўға арналған мәжилис өткерилди
1642
Бүгин Елликқала районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2024-жылда алып барылыўы тийис баслы ўазыйпаларға арналған мәжилис болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, районды раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар, соның менен бирге жол қойылған қәте-кемшиликлерди атап өтти.
Мәжилис сын көз қараста даўам етти.
Онда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмалар тийкарында ажыратылған қаржылар, олардың нәтийжели жумсалыўы, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Сондай-ақ, сектор басшылары тәрепинен районда соның менен бирге өз аймақларында 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпалар бойынша презентациясы тыңланды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир басшының баслы ўазыйпасы ҳәм әдиўли миннети халқымыз ийгилиги жолында шын кеўилден хызмет етиў екенлигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети