Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайлары ушын мың автобус сатып алынады
1326
Министрлер Кабинетиниң 92-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасының 2024-жыл I-шерегине мөлшерленген инвестициялық бағдарлама қабыл етилди. Усы Бағдарламаға муўапық 2024-жылы Қытай Эксим банки Транспорт министрлигине тәбийғый газде ҳәрекетленетуғын 1000 дана автобус ҳәм «Тошшаҳартрансхызмет» кәрханасы ушын 200 дана электробус сатып алыўы ушын жәми 180 миллион доллар муғдарында қаржы ажыратады. Соның ишинде, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларының жәмийетлик транспорты ушын 1000 қысылған тәбийғый газде ҳәрекетленетуғын үлкен сыйымдағы автобуслар сатып алыў ушын халықаралық қаржы шөлкеминен 120 миллион доллар тартылады. Сондай-ақ, «Тошшаҳартрансхызмет» АЖ тәрепинен ҳәрекет қурамын 200 дана үлкен сыйымдағы электробуслар және олар ушын қуўатлаў үскенелерин сатып алыў жолы менен жаңалаўды шөлкемлестириў ушын болса Қытай Эксим банкинен 60 миллион доллар тартылады.