Өзбекстанда жаслардың бизнес пенен шуғылланыўына қосымша имканият жаратылады
1638
Өзбекстанда жаслар арасында исбилерменликти кеңнен ғалабаластырыў ҳәм бизнес пенен шуғылланыўына қосымша имканиятлар жаратылады. Бул ҳаққында «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Президент пәрманында белгиленди. Пәрманға тийкар, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде ажыратылып атырған кредитлердиң кеминде 40 пайзы жаслар исбилерменлигин раўажландырыўға бағдарланады. 2024-жыл 1-июньнан баслап «Жас исбилермен» таңлаўларын өткериў әмелияты жолға қойылады. Бунда Жаслар ислери агентлиги тәрепинен таңлаў тийкарында мәҳәлле – район – ўәлаят – республика басқышларында жаслардың перспективалы бизнес жойбар ҳәм идеялары сайлап алынады. Майыплығы болған жас исбилерменлердиң жойбар ҳәм идеяларына айрықша итибар қаратылады. Республика басқышында сайлап алыўдан өткен ҳәр бир жойбарға БЕМның мың есесине шекем (340 миллион сумға шекем) муғдардағы жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Жеңимпаз болған бизнес жойбар ҳәм идеялар ийелери Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў фонды есабынан сырт мәмлекетлерге тәжирийбе арттырыўға жибериледи.