Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районы белсендилери менен ушырасты
1452
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы мәҳәлле белсендилери, көше бийлери ҳәм район жуўапкерлери менен ушырасты. Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей итибары ҳәм ғамхорлығы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген имканият ҳәм жеңилликлер, усы тийкарда халқымыз турмысына терең кирип барып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди. Айтып өтиў керек, Шымбай районын раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылда да даўам еттириледи.
Өткерилген ушырасыўда Шымбай районын раўажландырыў бойынша район ҳәкиминиң 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслары ҳәм белгиленген ўазыйпалары бойынша презентациясы тыңланды. Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасыўда зиярат орынларын абаданластырыў, оларға алып барыўшы жолларды оңлаў бойынша жумыслар басланғанлығын атап өтти. Усы қатарда классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ бабаларымыз жерленген «Қарақум ийшан» қойымшылығына алып барыўшы жол қайта оңланатуғынлығы, қойымшылық зиярат туризминде айрықша әҳмийетли мәнзиллердиң бирине айландырыў бойынша әмелий илажлар көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.