Шымбай районындағы «Пәшентаў» аўылы абат мәнзиллердиң бирине айланады
1425
Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында пуқараларымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў, мәҳәллелерди ҳәр тәреплеме абат етиў ҳәм ең шетки аймақларды да пайызлы мәҳәллелерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районының алыс ҳәм аўыр аймақларының бири болған «Пәшентаў» аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары менен ушырасты.
Аўыл турғынлары менен ушырасыўда Пәшентаўда кең көлемли абаданластырыў, пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы әмелий жумыслар алып барылатуғынлығы, буның ушын тийисли қаржылар ажыратылып, барлық зәрүр илажлар көрилетуғынлығы атап өтилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақ ушын режелестирилген барлық қурылыс жумысларының өз ўақтында, сапалы алып барылыўы турақлы түрде қадағалаўда болатуғынын атап өтти. Соның менен бирге, тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, аўыл халқы турмысын жақсылаў, олардың бүгинги турмысынан разы етиў, «Абат аўыл, абат көше, абат үй» принципи тийкарында барлық жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў кереклиги айрықша сөз етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети