Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев қала ҳәм районлардағы ҳәким жәрдемшилери менен ушырасты
1548
Онда бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша пикирлесилди. 2023-жыл даўамында ҳәким жәрдемшилери тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша бир қатар жумыслар əмелге асырылған болып, нәтийжеде мәҳәллелерде жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қатар илажлар әмелге асырылды.
Деген менен, айырым орынлардағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өз жумысына немқурайдылық пенен қараў жағдайлары да ушыраспақта. Өткерилген ушырасыўда өз ўазыйпасын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойған бир қатар ҳәким жәрдемшилериниң жумыслары сынға алынды.
Соның менен бир қатарда, халқымыздың бүгинги күннен разылығын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлерин иске түсириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды. Ушырасыў даўамында өзине бириктирилген аймағында жоқары нәтийжелерге ерискен, жумыс орынлары жаратылыўына комеклескен ҳәким жәрдемшилерине Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси ҳәм Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети