Ҳаял-қызлар – бахытлы турмысымыздың жаратыўшылары
2107
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен ҳәзирги ўақытта орынларда «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен өткерилип атырған ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар даўам етпекте. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында қала ҳәм районлардағы көше бийи ҳаяллары қатнасыўында театрластырылған саз-сәўбетли мәдений илаж шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады. Буннан соң, мәҳәллелерде шаңарақлардың тынышлығын ҳәм татыўлығын сақлаў, өсип киятырған жас әўладты ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаў, аўызбиршилик, татыўлықты беккемлеўде мүнәсип үлес қосып киятырған бир қатар көше бийи ҳаялларына Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгиси ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Өткерилген илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда, илим, билимлендириў, мәденият, спорт, исбилерменлик, өнерментшилик, мәмлекетлик сиясат, улыўма барлық тараўларда мүнәсип орын ийелеп, үлкен жетискенликлерге ериспекте. Бул өз нәўбетинде өсип киятырған қызларымыздың озық ойлы, наўқыран әўлад болып камалға келиўинде унамлы тәсирин тийгизип, ҳақыйқый үлги болып атыр. Бүгинги өткерилген илаж театр актёрлары ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети