Дүньяның гүлтажы – сизлерсиз ҳаял-қызлар
1637
Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим имаратта «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты. Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, республикамыз ҳаял-қызларын гөззаллық, ояныў ҳәм жасарыў әййямы болған 8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлады. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, елимизде гендер теӊлиги мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарына муўапық өзиниң нәтийжели мийнети, бай әмелий тәжирийбеси менен елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесинде белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздыӊ абадан турмысын тәмийинлеў жолында баслама ҳәм үлги көрсетип киятырған ҳаял-қызларымыз орден, медаль ҳәм мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

Салтанатлы илаж даўамында байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында түрли тараўларда жемисли мийнет етип киятырған, шаңарақлардыӊ татыўлығын тәмийинлеў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолында көрсеткен пидәкерлиги ушын бир топар ҳаял-қызларға көкирек белгилери тапсырылды. Сөзге шыққанлар ҳаял-қызларға қаратылып атырған үлкен меҳир ҳәм айрықша итибар ушын Ҳүрметли Президентимизге, республикамыз басшысына өз миннетдаршылығын билдирди. Өткерилген илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети