Өзбекстан-Қытай экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў перспективалары форумы өткерилди
1524
Бүгин Нөкис қаласында «Өзбекстан-Қытай экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў перспективалары форумы» болып өтти. Онда Қытай Халық Республикасының Синьцзян санаат-қурылыс Корпусы (СПСК) комиссары орынбасары Лю Синьцянь басшылығындағы делегация, жергиликли исбилерменлер, жуўапкер басшылар қатнасты. Форумда Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, Қарақалпақстанда инвесторлар ушын жаратылған шараятлар, Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бойынша тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
Өткерилген форумда республикамыздың инвестициялық тартымлығы, жаңа жойбарларларды әмелге асырыў бойынша бар болған имканиятлар, ресурслар потенциалы ҳәм басқа да әҳмийетли жөнелислер бойынша презентациялар жыйналғанлар нәзерине усынылды. Өз гезегинде елимизде мийманда болып турған делегация ағзалары бирге ислесиў бойынша жойбарлар үстинде жумыс алып барыў, бар болған имканиятлардан пайдаланыў, ҳәр еки тәреп ушында пайдалы ҳәм мәпдар жойбарлар үстинде бирге ислесиў бойынша пикирлерин билдирди. Форумда бирге ислесиў бойынша жумыслардың еле де даўам еттирилетуғынлығы ҳәм жаңа жойбарлар бойынша жумыслар еле де системалы түрде даўам еттирилиўи айрықша тилге алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети