Төрткүл районында жаңа туўыў комплекси қурылысы басланды
1594
Төрткүл районында жаңа туўыў комплекси қурылысы басланды Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы жумыслардың даўамы сыпатында Төрткүл районында да быйылғы жылда 90 объектте 127,3 млрд. сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген
Бүгин Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплекси имараты қурылысының қазығы қағылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Қурылыс жумыслары шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлы жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, бар болған имаратын капитал оңлаў режелестирилген. Нәтийжеде, жергиликли пуқаралар, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети