Хлорелла жетистириў лабораториясы иске түсирилди
1511
Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Аралды Қутқарыў халық аралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалының қоллап – қуўатлаўы менен органикалық хлорелла жетистириў лабораториясы иске түсирилди.
Қәнигелиги бойынша эколог болған жас изертлеўши Севара Рустамова республикамыздың шараятында Хлорелла биотехнологиясын жетистириўди жолға қойды. Хлорелла көплеген пайдалы қәсийетлерге ийе болған бир клеткалы суўда өсиўши шөп болып, тийкарғы мәканы көллер есапланады. Тилекке қарсы, Арал теңизиниң суўының қурып кетиўи ҳәм көллердиң жоқ болып кеткенлиги себепли бул өсимлик 10 жылдан аслам ўақыттан берли республикамызда дерлик ушыраспады.
Хлорелла жасыл тиришиликти жанландырыўшы клетка болып табылады. Оның клеткаларында 23 аминокислота болып, макро ҳәм микро витаминлерге, сондай-ақ, каротинге бай болып есапланады. Оны жетистириў ушын ҳәўиз, ағын ҳәм қудық суўларынан пайдаланыў мүмкин.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2023 – жылдың 30 – март күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Нөкис технопаркинде жаслардың инновациялық жойбарлары менен танысқан еди. Президентимиз бул жойбарларды қаржылай қоллап – қуўатлаў, оларды әмелиятқа кеңнен енгизиў бойынша республика басшыларына тапсырма берди. Усы тапсырманы орынлаў мақсетинде Севара Рустамованың Қарақалпақстан шараятында “Хлорелла вулгарис” өсимлигин интенсив көбейтиў ҳәм аўыл хожалығында қолланыў, жантақ ҳәм қамыстан пайдаланған ҳалда гидропоника усылында таярланған өним тийкарында шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық хожалықлары ушын инновациялық жем ислеп шығарыў жойбары Илимди раўажландырыў ҳәм инновацияларды қоллап – қуўатлаў фонды тәрепинен қоллап – қуўатланып, улыўма баҳасы 1 миллиард 500 миллион сумлық қаржы ажыратылды. Соның менен бирге, усы организмди толық үйрениў ҳәм жетистириў ушын Такыятас районы Найман аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 3,8 гектар жер майданы ажыратылды. Бүгинги күнде Тақыятас районындағы 6 көлде ағын суў ҳәм ҳаўаны тазалайтугын бир клеткалы суўда ө сиўши шөп көбейтилмекте. Нәтийжеде Тақыятас ыссылық электр станциясынан шығатуғын шығынды суўды тазалаў ушын хлорелладан пайдаланыў имканиятын жаратты. Себеби, хлорелла төмен дәрежели суўдың ишинде жасыл азықландырыўшының орнын баса алады.
Жас инноватор хлорелланы тәбият жанкүйери деп есаплайды. Оның жәрдеминде аўыл хожалығында жаңа инновациялық усыллардан интенсив турде пайдаланыў жойбарын ислеп шықты. Бул жойбар ушын Аралды қутқарыў халық аралық қоры атқарыў комитети Нөкис филиалы тәрепинен 1 миллиард 500 миллион сумлық қаржы ажыратылып, “Bio organic export products” жәмийети негизинде органикалық лаборотория иске түсирилди. Оның аналық клеткасын жетилистириўши бул органикалық лабораторияда айына 25–30 тонна хлорелла суспензиясы интенсив усылда жетистирилмекте.
Хлорелла топырақ өнимдарлығын арттырыў ҳәм зәҳәрли химиялық элементлер менен зыянкеслердиң алдын алыўда көплеген абзаллықларға ийе. Сондай-ақ, бул суў өсимлигин аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде органикалық биостимулятор сыпатында пайдаланыў мүмкин екенлиги илимий жактан дәлийлленген. Соның менен бирге, биологиялық тазалаў қәсийетине ийе болып, жабық экосистемаларда ҳаўаны қайта тиклеў ҳәм суўдың патасланыўына тоскынлық етиўши фитосинтез сыпатында да кең қолланылады. Демек, хлорелла балықшылық хожалықлары ушын да бираз пайдалы. Балықшылықта хлорелла суспензиясынан пайдаланыў нәтийжесинде азық – аўқат тәмийнатын күшейтиў ҳәм балықтың иммунитетин арттырыў арқалы көплеген кеселликлердиң алды алынады. Егерде, хлорелла тийкарында жаратылған препарат шарўа азықлығына қосылса, гөш ҳәм сүт өнимдарлығы бираз артады.
Ең баслысы, инсан саламатлығы ушын да оғада пайдалы болып, инсан организминдеги токсинлерди алып таслап, көплеген патологиялық жағдайлардың алдын алады. Бул суўда өсиўши шөп инсанның түрли инфекцияларға қарсы иммунтитетин асырады. Оның қурамындағы лютеин ҳәм зеаксантин көз нурын жақсылаўға, көздиң шаршаўын кемейттириўде, зыянлы ултранурланыўдан корғаўға жәрдем береди.
Севара Рустамова басқарған “Жас алымлар академиясы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ағзалары инсаниятты экологиялық қәўиптен қорғаўға хызмет етпекте. Шорланыў ҳәм қурғақшылық жер бетин аяўсыз ийелеп атырған бир дәўирде, Қарақалпақстанлы жас алымлар экологиялық машқалаға бийпәрўа болмастан, тәбийғый ҳәм инновациялық жол менен шешим табыўға өзлериниң үлеслерин қоспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги