Шымбай районын раўажландырыў мәселелери қарап шығылды
1759
Шымбай районын раўажландырыў мәселелери қарап шығылды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди. Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм мәҳәлле жетиликлери қатнасты.
Айтып өтиў керек, өткен жылдың ишинде Шымбай районын раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылда да даўам еттирилиўи белгиленип бир қатар мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынған. Бул илажлар шеңберинде бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесиў, үй шараятында ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып дәрамат алыў, бунда мәҳәлле жетилиги системасы имканиятларынан кең түрде пайдаланыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды. Соның менен бирге пуқаралардың өз исбилерменлигин баслаўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратып берилген имканиятлардан, жеңиллетилген кредит қаржылары ҳәм басқа да дереклерден кең пайдаланыў кереклиги айрықша атап өтилди. Мәжилис даўамында тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети