Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған «Таза қала» акциясына старт берилди
1409
Усы жылдың 16-17-18-март күнлери елимизде улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи режелестирилген болып, Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Таза қала» акциясына старт берилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты.
Онда елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде биргеликте ҳәр бир пуқара үлес қосыўы керек екенлигин атап өтилди. Жойбар шеңберинде Нөкис қаласы аймағындағы мәҳәллелер шығындылардан тазаланады. Сондай-ақ, абаданластырылған орынларға ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў режелестирилген.