Беруний районында Перинатал орайының ашылыў мәресими болып өтти
1568
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамхорлығы менен социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде оғада көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы жумыслардың даўамы сыпатында Беруний районында да быйылғы жылда 86 объектте 154,2 млрд сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген. Бүгин Беруний районында районлар аралық Перинатал орайының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Қурылыс жумыслары шеңберинде 7 млрд сум қаржы тийкарында районлар аралық Перинатал орайының имаратында реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде, 100 ге шамалас туўыў жасындағы ҳаялларға, соның ишинде аналар ҳәм балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. Усы тийкарда Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районлары халқының ийгилиги ушын хызмет етиўши және бир имарат пайдаланыўға тапсырылды.