Абаданластырыў жумыслары ҳәр бир аймаққа кирип барыўы керек
1920
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Шымбай районында «Жасыл мәкан» улыўма халықлық жойбарын әмелге асырыў сондай-ақ, жол бойларында ҳәм инфраструктура объектлери әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў мәселелери бойынша семинар болып өтти. Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, республика, қала ҳәм районлардың сектор басшылары, жуўапкер мәкеме-шөлкем ўәкиллери қатнасты.
Семинарда тийкарынан жаңаланыў ҳәм жасарыў паслында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде бәҳәрги терек нәллерин егиў жумысларын нәтийжели алып барыў, қала ҳәм районлар әтирапында жасыл қапламалы белбаўлар пайда етиў, халқымыздың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақта үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына көмеклесиў мәселелери сөз етилди. Соның менен бир қатарда «Абатлық кеўилден басланады» деген ийгиликли идея тийкарында тазалық ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәр бир мәҳәллеге, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы кереклиги, қала ҳәм районларда жол бойларында кең қамтыўлы дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылыўы айрықша атап өтилди. Онда сондай-ақ, сектор басшылары менен бирге алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис жумыслар белгилеп алынып, ўазыйпалар бөлистирилди.
Буннан соң, республика басшылары, нураныйлар ҳәм жуўапкерлер қатнасыўында жақсы нийет пенен терек нәллери отырғызылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети