Саҳрадағы пидәкер аўыл ақсақалы
1481
762 хожалықта 3092 адам жасайтуғын Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны республикамыздың Қазақстан менен шегаралас арқа дәрўазасы есапланады. Ең алыстағы аймақ халқының турмыс абаданлығының асыўында әлбетте, посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Кутлы Кошымбетованың пидайылық көрсетип, ҳәр бир басламада ең дәслеп өзи басқаларға үлги болып атырғанлығын да айрықша атап өтиўимиз орынлы. Ол шаңарағында бес перзентти тәрбиялап камалға келтирип, ақлық, шаўлық сүйип отырған әдиўли ана. Соның менен бирге, посёлкаға басшылық етип отырған ҳәм кейўаны ҳәм аўыл ақсақалы.
-Исбилерменлик, үй алды қыйтақ жеринде мийнет етиў адамларды әсиресе, жасларды физикалық ҳәм руўхый жақтан тәрбиялайды, - дейди қаҳарманымыз. «Эл-юрт ҳурмати», «Дослық»орденлери, «Шуҳрат» медалы ийеси Қутлы Қошымбетованың көп жыллық мийнетлери баҳаланып, мәмлекетимиздиң ең жоқары сыйлықларына миясар деп табылыўы ең шетки аймақта жасап ҳәм мийнет етип атырған хаял-қызларға деген ҳүрмет иззеттиң бир белгиси.