Нөкис қаласында ири үй-жай комплексин қурылады
2113
Бүгин Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министри орынбасары Тоир Алиматов Қытай Халық Республикасының Sanmenxia Luqiao Construction Group Co., Ltd. компаниясы атқарыўшы директоры Чжан Сюан Хао басшылығындағы делегацияны қабыллады. Бул компания Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында ири үй-жай комплексин қурыўды режелестирмекте. Бүгинги күнде усы жойбар ушын инвестиция киргизиў шәрти менен жер майданы ажыратылыўы белгиленген болып, аймақта комплекс қурылыўы жойбарын ислеп шығыў бойынша қытайлы қәнигелер тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.
Ушырасыўда министр орынбасары Т.Алиматов қурылыс жойбарларын әмелге асырыўда итибар берилиўи керек болған мәселелер бойынша өз усынысларын билдирди. Соннан, қурылыс процесинде сапа, техника ҳәм мийнет қәўипсизлигине әмел етиў, энергонәтийжелилик жойбарларын әмелге асырыў бойынша Өзбекстандағы талаплар ҳәм тәжирийбе бойынша пикир алмасылды. Қытайлылар усы жойбарды ислеп шығыўда жасыл аймаққа үлкен итибар берилип атырғанлығын айрықша атап өтти. Ушырасыў даўамында мийманлар тәрепинен жойбарды баслаў ҳәм әмелге асырыў бойынша берилген барлық сораўларға министрлик қәнигелери тәрепинен ҳәр тәреплеме жуўаплар берилди. Қызғын талқылаўларға бай түрде өткен ушырасыўда тәреплер келесиде режелестирилип атырған бирге ислесиў жойбарлары ҳәм оның имканиятлары бойынша пикир алмасты.