Шымбай районында пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди
1442
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында халықтың мүнәсип турмыс шараятын ҳәм пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди. Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм мәҳәллелер жетилиги қатнасты. 
Мәжилисте бүгинги күнде пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўы ушын олардың қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў мәдениятын арттырыў, үй қапталында биогумус таярлаў, қусшылық, пал ҳәррешилик, шарўашылық сыяқлы халқымыз арасында пайдаланылып киятырған дәстүрий жумусларды кең түрде ен жайдырыў, сондай-ақ, жаслардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў мақсетинде жер майданларында бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сын көз қараста талқыланды. Бул илажлар шеңберинде бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўине көмеклесиў, үй шараятында ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланып дәрамат алыў, бунда мәҳәлле жетилиги системасы имканиятларынан, ажыратылған жеңилликли кредитлер, субсидиялардан кең түрде пайдаланыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер қарап шығылды.
Соның менен бирге, мәҳәллелерде усы сыяқлы ўазыйпаларды шөлкемлестириўде жол қойған қәте-кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар мәҳәллелер жетилиги интизамий жазаға тартылды. Мәжилис даўамында тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети