Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналған конференция шөлкемлестирилди
1853
Бүгин, 5-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте қарақалпақ әдебиятының классик шайыры, уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўына арналған «Бул дүньяның көрки адам баласы» атамасындағы сырт ел илимпазларының қатнасыўындағы илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияға Түркия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан Республикаларынан, сондай-ақ, республикамыздағы жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларынан илимпазлар, белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, институт профессор-оқытыўшылары, студентлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Тәжибай Романов сөзге шығып, конференция қатнасыўшыларын бабамыздың 200 жыллығы менен қутлықлады ҳәм республикамызда ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын илажлар ҳаққында мағлыўматлар берди.
Хабарыңыз бар, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың сүйикли шайыры Әжинияздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилген еди.
Быйыл республикамызда, соның менен бирге, халықаралық көлемде шайырдың юбилейи кең түрде белгилениўи жобаластырылмақта.
Конференцияда Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги, шайыр шығармаларының тек ғана қарақалпақ әдебияты емес, соның менен биргеликте, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм басқа да түркий халықлар әдебиятында тутқан орны, XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында Әжинияз дөретиўшилигиниң әҳмийети, бүгинги күнде оның шығармаларының үйренилиўи ҳәм келешек әўладларға жеткерилиўи сыяқлы мәселелер бойынша баянатлар жасалды.
Әжинияз Қосыбай улы дүньяны терең ҳәм өткир танып, қарақалпақ халқының руўхый дүньясының байыўына үлкен үлес қосқан, әдебиятымызды тек ғана раўажландырып қоймастан, қоңсылас халықларға таныстырған уллы тулға болып табылады.
Өзи жасаған дәўирде феодаллық қатнасықлары ҳүким сүрип турған болса да, оның ақыл-ойы бир неше әсир алдыға раўажланып, «бул дүньяның көрки – адам баласы» екенлиги ҳаққында гуманистлик шешимге келгенлиги де оның адамгершилик пазыйлетлерин көрсетип береди.
Ол қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Оның Қыз Меңеш пенен айтысы шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси есапланады.
Әжинияздың дөретиўшилиги халық арасынан ХХ әсирдиң 30-жылларынан баслап жыйнала баслаған. Дәслепки шығармалары 1949-жылы баспадан шықты. Кейинги дәўирлерде 1960-, 1961-, 1965-, 1975-, 1988-, 1994-, 2014-жылларда шайырдың таңламалы шығармаларының жыйнағы баспада жәрияланды. Әжинияздың өмири ҳәм дөретиўшилиги илимпазлар Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, академиклер М.Нурмуҳаммедов ҳәм Ҳ.Ҳамидов, сондай-ақ, Ә.Пирназаров, Б.Қәлимбетов, А.Муртазаев, К.Мәмбетов, Ә.Пахратдинов, К.Алламбергенов ҳәм басқалар тәрепинен илимий тийкарда изертленди.
Конференцияда баянатшылар ҳәм сөзге шыққанлар тәрепинен шайыр дөретиўшилигин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, шығармаларын шет тиллерине аўдарыў, соның менен бирге, дөретпелериниң жаңа қырларын ашыў мақсетинде илимий-изертлеў жумысларын алып барыў сыяқлы мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдириди.
Илаж институттың қәбилетли студентлери тәрепинен шөлкемлестирилген сахналық көринислер ҳәм «Тумарис» халық ансамбли ағзалары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети