Шымбай районында да шигит егиси басланды
1529
Бүгин Шымбай районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти ҳәм шигит егисиниӊ сапалы усыллары, дийқан фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқталып, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи. Көргизбели семинарда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Онда сондай-ақ, республикамыздың арқа районлары ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханаларының басшылары, тийисли ўәкиллер қатнасты.
Атап өтиў орынлы, Президентимиздиң айрықша итибары менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип атырған болып, атап айтқанда, быйылғы жылдың 9-февраль күни Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл етилди. Бул қарар менен бурын болмаған жаңа имкәниятлар ҳәм жеңилликлер жаратып берилди. Усындай жаратылып берилип атырған имканиятлар нәтийжесинде быйылғы жылдың өзинде республикамызға қысқа ўақыт ишинде аўыл хожалығы ушын оғада әҳмийетли есапланған техникалар ҳәм агрегатлар алып келинбекте. Бүгинги өткерилген әҳмийетли илажда усындай имканиятлар атап өтилип, шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Нураний аталардың дуўасы менен усы күни дәслепки майданларға шигит себилди.