Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери қарап шығылды
2446
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплаенс-қадағалаў хызметлериниң жумысларын жеделлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға арналған мәжилис өткерди. Онда дәслеп бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқталып өтилди. Сондай-ақ, әмелге асырылып атырған бундай илажларға қарамай айырым орынларда бир қатар нызамбузыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы сын көз қараста көрип шығылды.
Өткен 2023-жылда республика бойынша 530 түрли дәрежедеги лаўазымлы ҳәм жуўапкер шахслар сондай-ақ, пуқаралар тәрепинен коррупция менен байланыслы 304 жынаятқа қол урылған. Бул жынаятлар ақыбетинде мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине бир қатар финанслық зыянлар жеткерилген. Анықланған коррупция менен байланыслы жынаятлар бойынша айырым министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлердеги “комплаенс қадағалаў” системасы хызметкерлери тәрепинен тексериў-үйрениў, мониторинг, сораўнамалар өткериў, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда мәплер тоқнасыўын анализлеў ҳәм сол сыяқлы жумыслар толық жолға қойылмаған. Бүгинги күнде бул Комплеанс қадағалаў бөлим хызметкерлери тек ғана үгит-нәсият жумысларын өткериў менен шекленбекте. Соның менен бирге айырым министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлерде финанс-экономикалық жумысларды тәртиплестириў ҳәм қадағалап барыўшы ишки аудит хызметлери шөлкемлестирилген болып, айырымлары тәрепинен өз хызмет ўазыйпаларына суўыққанлық пенен қарап, жумысларына немқурайдылық көз қараста болған. Айырым мәкемелердиң ишки аудит хызмети тәрепинен коррупцияға байланыслы нызамсыз ҳәрекет исленгенлиги бойынша бирде-бир тексериў яки үйрениў жумыслары өткерилмеген. Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде бул ишки аудит хызметкерлери тек ғана профилактика жумысларын өткериў менен шекленип қалып атырғанлығы, соның менен бирге жумыс алып барып атырған Республика бойынша тийисли тараўларды қадағалаўшы инспекциялардыӊ жумыслары да талап дәрежесинде емеслиги сынға алынды. Сондай-ақ, өз ўазыйпасын атқарыўда немқурайдылық пенен қарағаны, белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ушын Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы баслығы, Кән-геология жумысын қадағалаў “Арқа-Батыс регионаллық инспекциясы" баслығы, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги комплеанс қадағалаў бөлими хызметкери, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ишки аудит хызмети хызметкериниң лаўазымына ылайлықлығын көрип шығыў бойынша тапсырма берилди. Мәжилис жуўмағында тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.