Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы кең түрде белгиленди
2261
Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти. Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлер менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы байрам илажында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Буннан соң ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов мийнет ветераны Ү.Әширбековқа 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ҳүрмет жарлығы"н тапсырды.
Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардыӊ ҳуқық ҳәм еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады. Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық- экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер – Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардыӊ нәтийжеси саналады.
Усы орында соны да атап өтиўимиз тийис, елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында узақты гөзлеген мәмлекетлик сиясат, ислеп шығылған нызамлар, Қарақалпақстан Республикасы бойынша айрықша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда үлкен орын ийелеп келмекте. Бүгинги күнде республикамызда усы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында үлкен қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, салмақлы дөретиўшилик басламалар әмелге асырылмақта. Өткерилген илажда сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишинде, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди. Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети