Әжинияз Қосыбай улының естелигине ҳүрмет көрсетилди
1964
Бүгин, 9-апрель күни пайтахтымыз Нөкис қаласында қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили, уллы шайыр Әжинияз Қосыбай улының естелигине гүллер қойылды. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары, әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм студент-жаслар қатнасты. Жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар жасларға Әжинияз шайырдың өмири, дөретиўшилиги, шығармаларының тек ғана қарақалпақ әдебияты емес, соның менен бирге, шығыс халықлары әдебиятында тутқан орны, дөретиўшилигиниң өзине тән өзгешеликлери ҳәм оның изертлениўи ҳаққында мағлыўматлар берди.

