Оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў–дәўир талабы
1006
Пайтахтымыздағы Жаслар технопаркинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимленидириўи министрлиги тәрепинен «Оқыўшыларды кәсипке үйретиўде исбилерменлер менен ислесиў дәўир талабы» атамасында әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Илажда шөлкемлестириўшилер тәрепинен АҚШ, Япония, Англия мәмлекетлериндеги мектеплердеги тәлим-тәрбия процеси бойынша түсиник берилди. Сондай-ақ, илажда Қарақалпақстан ҳәм Ферғана тәжирийбеси бойынша өткерилген әмелий илажда қатнасыўшылар алған билим ҳәм көнликпелери менен ортақласты. Ферғана ўәлаятында оқыўшыларды кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен кеңнен сәўбетлесип өз-ара пикирлер алмасты.
Семинар қатнасыўшылары пайтахтымыздағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшылар ушын кәсип-өнер үйрениў бағдарында жаратылған имканиятларды барып көрди. Усы мектепте усташылық, тигиўшилик, ханаларында оқыўшылар тәрепинен ислеп шығылған қол мийнетлери менен де жақыннан танысты.
Илаж даўамында педагоглар алдағы ўақытлары оқыўшыларды кәсипке бағдарлаўда ислениўи тийис болған режелер бойынша ўазыйпаларды белгилеп алды.