“Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни" мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
1798
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға, халықтың мәдений дем алыўын мазмунлы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиз тəрепинен өткен жылы «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар (ПҚ-219) қабыл етилгени ҳәм 20 миллиард сум ажыратылғаны – бул тараў пидайыларына, қалаберсе пүткил халқымызға деген жоқары итибардың көриниси саналады. Усы қарардың орынланыўын тəмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинети тəрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Әлбетте, бул қарар мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллерин, дөретиўшилерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўда, көп миллетли халқымыздың бай ҳәм ески мәдениятын және де раўажландырыўда, көркем жәмәәтлердиң жергиликли ҳәм сырт ел гастроль сапарларын шөлкемлестириўде әҳмийетли орын ийелейди. Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети