Мәлимлеме хызметлери басшылары ушын Нөкис қаласында оқыў-семинарлары өткерилмекте
1107
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен биргеликте 18-20-апрель күнлери Нөкис қаласында министрлик ҳәм мәкемелер баспасөз хаткерлери ушын семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте. Илаждың ашылыў мәресиминде Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Агентлик директоры А.Ходжаев қатнасыўшыларды қутлықлады.
«Соңғы ўақытлары информация мәканында түрли фейк ҳәм жалған хабарлар саны көбейип, пайдаланыўшылар арасында анық, қалыс ҳәм ҳақыйқый дерекке болған талап барған сайын артып бармақта. Бундай талапты қанаатландырыўда мәмлекетлик уйымлары ҳәм мәкемелериниң мәлимлеме хызметлери әҳмийетли орын ийелейди. Информацияласқан жәмийетте миллий контент жаратыў, бул процеслерде мәмлекетлик уйымлары мәлимлеме хызметлери имканиятларын толық иске салыў, жақсы усыл ҳәм инфотехнологиялардан пайдаланыў мәселеси биринши орынға көтерилмекте.
XXI әсирде информацияық ҳүжимлер ең үлкен қәўиплерден бирине айланды. Информация қәўипсизлигин тәмийинлеў миллий қәўипсизлик тараўындағы әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта», деп атап өтти өз сөзинде А.Ходжаев. Бүгин өз жумысын баслаған оқыў семинары шеңберинде өткерилетуғын панел сессияларында:

- республикада ҳәм аймақлардағы мәлимлеме хызметлериниң өз-ара бирге ислесиўи: бар болған машқала ҳәм кемшиликлер ҳәмде оларды сапластырыў жоллары;
- мәкеме имиджин жаратыў, жәмийетшилик пенен байланысларды шөлкемлестириўде басшы ҳәм мәлимлеме хызмети бирге ислесиўи темаларында презентациялар, кең пикирлесиўли сәўбетлер болып өтпекте.
Баспасөз хаткерлери өз шығыўларында мәлимлеме хызметлери жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў арқалы халықаралық индикаторларға унамлы тәсир көрсетиў, турақлы пикирлесиў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыў, социаллық тармақлар, ҒХҚ, медиа менен ислеў механизмлерин заманға муўапықластырыў, сондай-ақ, медиа техника қуралларынан нәтийжели пайдаланыў усылларын үйрениў бойынша да тренинглер өткерилди.