Шымбай районында пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар сын көз қараста көрип шығылды
1439
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында халықтың мүнәсип турмыс шараятын ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша мәжилис өткерди. Онда районға республикадан бириктирилген ўәкиллер, район белсендилери ҳәм мәҳәллелер жетилиги қатнасты.
Өткерилген мәжилисте бүгинги күнде пуқаралардың қосымша дәраматқа ийе болыўы ушын олардың қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў мәдениятын арттырыў, үй қапталында биогумус таярлаў, қусшылық, пал ҳәррешилик, шарўашылық сыяқлы халқымыз арасында пайдаланылып киятырған дәстүрий жумусларды кең түрде ен жайдырыў, сондай-ақ, жаслардың қосымша дәраматқа ийе болыўын тәмийинлеў мақсетинде жер майданларында бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар сын көз-қараста көрип шығылды. Сондай-ақ, бул бағдарда мәҳәллелердеги жумыслардың әмелде орынланыўы, әмелге асырылған жумыслар анализи, сондай-ақ, берилген есабатларда қосып жазыўларға жол қойылғанлығы, пуқаралардың қыйтақ жер мәдениятын арттырыў бағдарында илажлардың талап дәрежесинде алып барылмағанлығы сынға алынды.
Мәҳәллелерде усы сыяқлы ўазыйпаларды шөлкемлестириўде жол қойған қәте-кемшиликлери ҳәм өз жумысына немқурайдылық пенен қарағаны ушын бир қатар мәҳәллелер жетилиги интизамий жазаға тартылды. Айырым мәҳәлле белсендилери ийелеп турған лаўазымынан босатылды. Мәжилис даўамында тийисли тапсырмалар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети