Мийнет ветераны Үббинияз Әширбеков 80 жаста
2117
Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим имаратлардың биринде сиясий-жәмийетлик ғайраткер, мийнет ветераны Үббинияз Әширбековтың 80 жыллық юбилейи өткерилди.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев белгили жәмийетлик ғайраткерди юбилейи менен қутлықлап, оның мийнет жолына тоқталып өтти. Атап өтилгениндей, Ү.Әширбеков узақ жыллық мийнет жолы даўамында халық хожалығының бир қатар тараўларында, соннан, суў хожалығы бойынша жуўапкершиликли жумысларда, Тахтакөпир районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти. Халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде, өсип киятырған жас әўладты ана-Ўатанға мухаббат руўхында тәрбиялаўға салмақлы үлес қосты. Оның узақ жыллық машаққатлы мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, бир қатар мәмлекетлик сыйлықларға ылайық деп табылды. Жақында ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен мийнет ветераны Ү.Әширбековқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ҳүрмет жарлығы" тапсырылды. Өткерилген илажда көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети