Жәҳән чемпионаты медалы ийелери мүнәсип күтип алынды
1331
Саудия Арабстанының Ар-Риёд қаласында қылышпазлық бойынша өткерилген жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасының қылышпазлары ең жақсы нәтийжеге еристи. Онда жерлесимиз, қарақалпақстанлы Алпамыс Орақбаев Жәҳән чемпионатының гүмис медалы ҳәм қызлар арасында Наргиза Жақсыбаева қола медалын қолға киргизди. Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында мақтанышымыз болған спортшыларымыз салтанатлы түрде күтип алынды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, Спорт министри А.Алланазаров, спорт усталары менен бир қатар спортшыларымыздың жақынлары қатнасып, пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлады ҳәм буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди. Атап өтиў керек, қылышпазлық бойынша бул жәҳән чемпионатында 130 дан аслам мәмлекетлерден спортшылар қатнасқан еди ҳәм жерлеслеримиз дүнья жүзи бойынша өз салмақ категориясында теңсизлер қатарында екенлигин көрсете алды.