Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районынан өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты
1523
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районынан өзи аталыққа алған жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде бир қатар жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасты. Өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.
Жаслар ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен олардың бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орнына кириўде арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем бериў, жер майданында дәрамат алыўына көмеклесиў сыяқлы бир қатар мәселелер көтерилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында олар ушын егислик жер майданлары ажыратылып берилиўи, егисти шөлкемлестириўден баслап, тамшылатып суўғарыў арқалы зүрәәт алыўына шекем барлық әмелий жәрдемлер көрсетилетуғынлығын атап өтти. Сол орынның өзинде жаслардың машқалалары тыңланып, ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тез пурсатта шешим табыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети