Темурбеклер мектебинде «Ўатан – уллы, миннет – муқаддес» идеясы астында руўхый ағартыўшылық илаж өткерилди
1687
Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз басшылығында жасларға қаратылған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде жасларды ҳәр тәреплеме билимли, физикалық жақтан шыныққан жетик инсанлар етип тәрбиялаўға, оқыўшы-жаслардың әскерий билимлерин беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Темурбеклер мектеби ашылып, әскерий тараўға потенциаллы кадрларды таярлаўда айрықша орын ийелейтуғын оқыў орынларының бирине айланып бармақта. Усы күнлери өткерилип атырған «Ўатан – уллы, миннет – муқаддес» деген идеяны өзинде жәмлеген руўхый ағартыўшылық илажлары көтериңки руўхта өткерилмекте. Өз гезегинде, бундай илажлардың өткерилиўи жаслардың турмысында үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе есапланады.
Бүгинги өткерилген илаж даўамында жасларда Ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтетуғын түрли көркем шығыўлар, ана-Ўатанды жырлаўшы саз-сәўбетлер, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер қатнасыўында жаўынгерлик шынығыўлар ҳәм әскерий-техникалар көргизбелери қатнасыўшы оқыўшы жасларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети