Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты
1300
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасып, оларды қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усынысларын тыңлады. Онда бир қатар исбилерменлер, тийисли тараў басшылары қатнасты.
Ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў сыяқлы бир қатар мәселелер билдирилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды. Көтерилген мәселелерге орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Буннан тысқары, ўақыт талап етилетуғынлары Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети