Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты
1706
Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Өткерилген ушырасыўда бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде ағын суўдан ақылға уғрас, үнемлеп пайдаланыў, аўыл хожалығы егислик майданларында суўды аз талап етиўши егин түрлеринен өним алыўды көбейтиў, халқымыз базарларын сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў, егислик майданларында жаңа инновацияларды енгизиў мәселелери сөз етилди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, соңғы жылларда климат өзгериўи ҳәм суў тамтарыслығы шараятында суў ресурсларынан мақсетке муўапық пайдаланыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўға зәрүрлик артып бармақта. Сонлықтан, суў ресурсларынан пайдаланыўда жүзеге келип атырған машқалалардан келип шығып, тараўда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен саналады. Өткен 2023-жылда барлық суў тәмийнаты аўыр болған аймақларды суў менен тәмийинлеў мақсетинде салы майданлары 32,6 мың гектарға қысқартылып, тек ғана 6,8 мың гектарға салы егилди. Соны атап өтиў керек, 2022-жылда 32,6 мың гектар майданда салы жетистириў ушын 810 млн. метр куб суў муғдары жумсалған болса, өткен 2023-жылда 6,8 мың гектарға 169 млн. метр куб суў жумсалып, жәми 641 млн. метр куб суў муғдарын үнемлеўге ерисилди. Бул үнемленген 641 млн. метр куб суў муғдарлары есабынан өткен жылы суў тәмийнаты аўыр болған 35 аўылда 30,2 мың гектардан артық болған майданларға суў жеткерип берилиўи тәмийинленди.
Алдын салы егилген майданларға кейин ала суўды кем талап етиўши картошка, палыз, собықлы ҳәм майлы егинлер егилди. Мине, усындай алып барылған илажлар нәтийжесинде 2022-жылға салыстырғанда өткен 2023-жылы гүнжи экспорты көлеми 12,5 есеге өскен болса, мәш экспорты 11,8 есеге өсти. Овош ҳәм баў-бақша өнимлерин жетистириўде де жоқары дәрежеде өсим бақланды. Соны да атап өтиўимиз тийис, тараў қанигелери тәрепинен ислеп шығылған есап-китапларға қарайтуғын болсақ, 1 гектарда салы жетистириў ушын 24,8 мың метр куб суў жумсалады ҳәм 5 тонна өним алынады. Орташа 1 кг салының баҳасы 8 мың сўмнан есапланғанда жәми 40 млн. сум дәрамат алынады. Ал, 1 гектарда гүнжи жетистириў ушын тек ғана 1,6 мың куб метр суў жумсалады ҳәм 1 тонна өним алынады. Орташа 1 кг гүнжи 18 мың сумнан есапланғанда 18 млн. сум дәрамат алынады. Сонлықтан, биринши нәўбетте халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде салыны тәртип пенен жайластырып, ишки базарды гүриш өнимлери менен тәмийинлеўге имканиятларымыз жетерли. Бирақ, мәмлекетлик уйымлары тәрепинен әмелге асырылған жумысларға қарамастан ҳәм де салы егиўди қысқартыўда нызамшылықта анық нормалар белгиленбегенлиги себепли айырым аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермерлер тәрепинен өз басымшалық пенен режесиз салы жетистирилген. Жоқарыдағыларды есапқа алып, биринши нәўбетте халқымыздың қыйтақ жерлерин ҳәм суўды аз талап етиўши егинлер жайластырылған аўыл хожалығы егислик майданларын суўғарыўдан артқан суўдан келип шығып, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында быйылғы жыл зүрәәти ушын салы жетистириў режелестирилмекте. Бул бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигине ҳәм жуўапкерлерге Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында салының ерте писер ҳәм өнимдарлы сортлары жайластырылыўын тәмийинлеп, күнлик салы егиси бойынша мағлыўматты киргизип барыў, салы егилген майданларды контурлар кесиминде мониторинг өткерип, 20-августқа шекем Министрлер Кеңесине тийисли жуўмақларды бериў ҳәм салы бөлистирилмеген майданларға аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен салы егилген жағдайда белгиленген тәртипте қатаң шаралар көриў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, Министрлер Кеңеси, Прокуратура, ишки ислер уйымлары, агроинспекция, қала ҳәм районлар ҳәкимлери менен биргеликте жоқарыда берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўи керек екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети