Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районынан өзи аталыққа алған жаслар менен ушырасты ҳәм бир қатар жәрдемлер көрсетилди
948
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районынан өзи аталыққа алған жаслардың өткен ушырасыўда билдирген тилек ҳәм усынысларына бола олардың бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық жәрдем көрсетиў бойынша керекли затлар тапсырды.
Атап айтқанда, бәнтлигин ҳәм өзин өзи бәнт етиўин тәмийинлеўди қәлеўши жасларға жәрдемлер қатарында фотостудия үскенелери, IT менен шуғылланыўы ушын арнаўлы компьютер, және бир социаллық жәрдемге мүтәж жасқа имканияты шекленгенлер арбашасы тапсырылды. Бир жастың емлениўи ушын әмелий жардәм көрсетилди. Жоқары оқыў орынларына кириўди қәлеўши жаслардың тийисли пәнлерден таярланыўы ушын төлем пуллары төлеп берилди. Сондай-ақ, өткен ушырасыўда берилген тапсырмаларға бола, бир қатар жасларға дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын егислик жер майданлары ажыратылды. Үй алды қыйтақ жеринде қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў мақсетинде биогумус, пал ҳәррешилик, қусшылық бойынша жумыслары жолға қойып берилди. Қосымша бөдене бағыў менен шуғылланыўы ушын шараят жаратыў ҳәм кәсипке бағдарлаў бойынша да тапсырмалар берилди.
Соның менен бирге, өткерилген ушырасыўда жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың машқалалары тыңланды. Сондай-ақ, алдынғы ушырасыўда билдирилген усыныслар тийкарында әмелий жумыслар, көрсетилген жәрдемлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша пикирлесилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети