ЕСЛЕЎ БАР ЕКЕН МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ
1805
9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жәҳән урысында ерисилген жеңистиң 79 жыллығы белгиленди. Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти. Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мекеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети