Ветеранлардың ҳалынан хабар алынды
1226
Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев фронт артында мийнет еткен нураныйлар Таумуратов Наўрызбай ҳәм Рәўшан Самарканова, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Мийнет қаҳарманы Қәллибек Камаловтың шаңарақларында болды. Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары ветеранларды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 79 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.
Сондай-ақ, жеңиске үлес қосқан қаҳарманлар, фронт артында хызмет еткен ветеранлар, елимиз раўажланыўы жолында мийнети сиңген нураныйлардың ийгиликли ислери барқулла еске алынып, оларға ҳүрмет көрсетилетуғынлығы атап өтилди. Әлбетте, жаўынгерлеримиз қатарында фронт артында мийнет еткен ветеранлар, халқымыз ийгилиги жолында аянбай хызмет еткен мийнет қаҳарманларының ерлик ислери, үлкен исеним ҳәм сабыр-тақаты бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын ибрат үлгиси болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети